⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖҮК

Қарақалпақша

ат. 1. Бир жерден екинши жерге апарылатуғын, жеткизилетуғын ямаса басқа бир жақтан келген салмақлы зат, ўәж. Дәрибай станциядан жүк әкелди. Жүк тийеў. 2. Сандықтың, аршаның ямаса басқа да бир нәрселердиң үстине жыйнап қойылған көрпе-төсек. Кемпир жүктиң үстинен көпшик таслады (Т.Қайыпбергенов). 3. аўыс. Аўырманлық, қыйыншылық, машқала. Жүгим аўыр еди қырық батпан тастан, Сол бүгин ийнимнен түсип турыпты (А.Дабылов).