ЖӘРИЯЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Мәлимлеў, дағазалаў, хабарлаў, билдириў, қулақтандырыў.
Жақсы хызмети ушын алғыс жәриялаў.
Директор жыйналған оқыўшылардың салтанатлы мәжилисин ашық деп жәриялады (А.Бекимбетов).
2. Басылып шығыў, дағазалаў, дағазаланыў (баспасөзде).
Аўыз өдебиятының түрли үлгилери баспасөзде жәрияланды (Қ.Айымбетов).
...көплеген мақалалар, илимий мийнетлер жәрияланып турылды.