⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЖӨН III

Қарақалпақша

кел. Әпиўайы, жай, қайым. Өлең келгенде қайырлармыз, Молдеке, жөн өлеңнен айтысайық (Әжинияз). 0 Бир жөн - ебиндей болатуғын, рабайлы. Жөнин айты — дурысын айтыў. Жөн билиў — мәнисине түсиниў. Жөнине жүриў — хеш кимге тиймеў, тынышына жүриў, ҳеш кимди гәп-сөз етпеў. Жөнге салыў (түсириў) — тәртипке салыў. Жөн алды қарабарақ — қалай болса солай, өз бетинше, өз билдигинше.