ЖӨНЖОСАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Жағдай, хал жағдай, аўхал, мәниси.
Жөн-жосақларды сораспай, Азаматлыққа жарамай, Алды-артыңды барламай, Пәми жоқ, сен надан болма (Бердақ).
2. Бағдар, бағыт.
Жөн-жосағына қарағанда, оның маған қыя бағып қараған көзлери қулаққа еситилмейтуғын, бирақ жүрегиме жыллы сезимлерди жеткерип тур (Ө.Хожаниязов).