ЗАМАН I
Қарақалпақша
ат. Дәўир, мәҳәл.
Осы күнлердеги абадан заман үшин бизлер де қан төктик (К.Султанов).
0 Заман зардабы — белгили дәўирдеги аўыр аўқат, жағдай.
Ақыр мениң солдырмағай жүзимди, Заман зардабынан көрмейди көзим (Бердақ).
Бир заманларда — бир ўақытта, дәўирде, жағдайда.
Жумагүлдиң күйеўи бир заманларда атағы әлемге жайылған пахтакеш ғаррыға шәкирт болып, көптиң көзине түскен еди (Ө.Айжанов).