ЗАТ
Қарақалпақша
ат. 1. Адамның күнделикти турмысына керекти нәрсе, буйым, мүлик, дүние.
Ол да қойған затын таба алмай ғабырысып жүр екен (К.Султанов).
2. Табиғаттағы жанды-жансыз нәрселер, минералды органикалық шики затлар.
Ақ қардан шапан жамылып, Ҳасыл зат қоймай тағынып («Мәспатша»).
3. Адамның шыққан ата теги, нәсили.
Үйге мийман келсе көңил ашпаға, Әдепти, икрамды уғыл зат керек (Әжинияз).
0 Ҳасыл зат — тәрбиели, шаққан, теги орынды, ақылды адам.
Ақсүңгил дейдилер сениң атыңды, Қазаяқты дейди ҳаслы затыңды (ққ.х.қ.).