ЗАЯ
Қарақалпақша
р. Бостан-босқа, қуры, мәзи, бийқар, ысырап, әйтеўир.
Зая өткердим өмиримди, Көп тиледим жүримимди? Бастан өткен күнлеримди, Ҳеш ким тилге алған емес (Бердақ).
0 Зая болу — босқа кету, ысырап болу, жоқ болу.
... ал орылғанларының гүдишекленбей зая болып атырғанын көрип реҳимимиз келди (Ө.Хожаниязов).