ЗАҒАРА
Қарақалпақша
ат. Жүўеринин, тарының, шигинниң унларынан тандырға жабылып пискен нанның бир түри.
Ҳарып-шарщап келгенде ақ тумсық қара ешек ат болар, Қарның ашып келгенде зағара нан қант болар (ққ.х.н.м.).
Ҳаял қалтаның аўзын шешип, ишинен түйениң көзиндей тарының зағарасын алып бир үзип аўзына салды (Н.Дәўкараев).