ЗӘРРЕ
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳүрей, қорқыныш, рух.
Қалмады деп бурын зәррем.
Ҳүкиметтен алып жәрдем (қ.әд.).
Көзи түсип бабаның, Зәрре жаны қалмады, Қашарға тесик болмады («Мәспатша»).
2. аўыс. Сәл-пәл, азы-кем, кишигирим, тегераң.
Крокодилден зәрре үлкен, бир мақлуқ бар гүмгүм деген (И.Юсупов).
Қыз ойланған пишим билдирип зәрре үндемей қалды (Г.Изимбетов).
0 Зәрреси ушу — қорқу, сескену, үрику.
Оразбай менен Өмирбектиң зәрреси ушып жетип келди (А.Бекимбетов).