ЗӘҢГИ
Қарақалпақша
ат. 1. Жоқарыға минип түсу үшин қолайластырылған әсбап, қурал.
Самолетта келген пассажирлер бириниң изиннен бири кишкене зәңги арқалы жерге түсе бастады (А.Бекимбетов).
2. Атқа, ешекке мингенде аяқ үшин таяныш қызметин атқаратын металл әсбап.
Айылларын, зәңги баўларын қайта-қайта тартып көрди (Ш.Сейтов).
3. аўыс. Өлген адамды көтеретин қурал, табыт.
4. аўыс. Өлим қабатына түсу.
Ҳәзир өлим зәңгисине аяғын салып жатқанында да ағасын ядынан шығармайды (М.Дәрибаев).