⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ЗӘҲӘР

Қарақалпақша

ат. 1. Адам өмирине өлим қаўипин туғыратын, зыян келтиретин нәрсе. 2. Организмде зат алмасудан пайда болған керексиз суйықзат. 3. аўыс. У, ашқы, минет, азап. 4. аўыс. Кек, ашу, ыза, ашқы сөз. 5. аўыс. Ғәҳәр, жигер, айбат. 6. аўыс. Ызғырық, сўық, боран, аяз. Қыс кем-кемнен зәҳәрин жайып сўық күшейе берди (А.Әлиев). 7. аўыс. Аўырудың зардабы, жаранның сызлаўы, қақсаўы. Етине қадаған пышактың зәҳери оны аўыр жағдайға түсирди (Т.Қайыпбергенов).