ИБРАТ
Қарақалпақша
ат. Үлги, өрнек.
Ҳәр қыссадан «хиссе» деген нақыл бар, Жигит өткенлерден алсын ибратты (Қ.Ирманов).
Атым Бердимурат, билип қалсаңыз, Бул сөзимнен керек ибрат алсаңыз (Бердақ).
Сәлемлесиўлери, соңғы келген жас үлкенлерге отырып-турыўлары ҳәммеге ибрат аларлық жеңил, шаққан, әлпайым (Т.Қайыпбергенов).
Бүгинги әңгимеден Әжинияз бираз ибрат алып, кеўили ҳәр қыялға алып ушты (К.Султанов).