⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЗ I

Қарақалпақша

ат. 1. Адам яки басқа бир мақлуқлардың баскан яки тийген жерине қалдырған таңбасы, белгиси. Қумның етегинде қоянның да, түлкиниң де, сағалдың да, қой-ешкиниң де басқан изин жийип кезлестиресең. Жуўылған еденде төгилген қанның изи қалған. 2. аўыс. Иеленген истиң, қәрекеттиң қалдығы. Бурынғы еркелетиўдиң енди изи де қалмады, тек салқын ушырасыў болды (М.Абдиреймов). Қайырылған қара шашы пәрийшан. Бир қайғының изи бардай жүзинде (И.Юсупов). 0 Из таслаў — алдастырыў, изин билдирмеў ушын ҳәрекет етиў. Ол қашып жән-жаққа барып, из таслап жүрген екен (Ж.Аймурзаев). Изсиз қалдырыў — ақыбетсиз қалдырыў. Бул ўақыяны изсиз қалдырыўыңыз керек (А.Бекимбетов).