⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЗИНШЕ

Қарақалпақша

р. Кейнин ала, соңын ала. Соның изинше Жийемурат кирип келди (Қ.Ирманов). Оның изинше ЖИПТГ ағасы бола келген бойы ортадан жоқары, ажары түркменге уқсас, келбети суўық, бир жигит кирип келди (К.Султанов). Оның дәми сәл күйрек шоколадқа уқсап кетер екен, оның изинше сорыған плиткалы шоколадым аўзыма өзгеше дәм берди (М.Нызанов). Ол усыны айтты да шай қойыў ушын шешинбестен асханаға кирип кетти ҳәм изинше қайтып шықты (М.Нызанов).