ИЙИНЛИ
Қарақалпақша
кел. Ийни кең, жаўырынлы.
Маман жас болса да, ийинли, омыраўлы, сарай гвардияшысы болыўға күтә ылайық еди (Т.Қайыпбергенов).
Солдаттың сыртқы көриниси: Ири геўдели, ийинли, қара муртлы, бирақ русшаны оғада аз биледи деп жазыпты (Т.Қайыпбергенов).
Оның изинде гүрең аттың үстинде, қанжығасында еки қараўылы бар, иўғыжым ийинли, аяқ қолы узын, жас жигит киятыр (К.Султанов).