ИЙИРИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Пахтаны шарықта, уршықта сабақ халына келтириў ушын шыйратыў, таўлаў, айландырыў.
Аўқаттан соң, Сара тағы уршық ийириўге киристи (С.Айний).
Шулыққа арнап жип ийирип отыр еди (К.Смамугов).
2. Жыйнаў, топлаў.
Мүширип қарсы алдына сығалап қарап, малларды ийирип, топлап алады да, жүреғин басқан соң алға жылысады (К.Султанов).
Сылтаўы Асқардың шаңкай түсте қойларды көл шетине ийирип, өриске сәл кеш ергизгени болды (Ө.Хожаниязов).
Талабы кешке шекем пилте басыў, ярым қараңғы төрт дийўалға қысылып, шарқ ийириў, зарланыў, гүрсиниў... болды (Т.Қайыпбергенов).