⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙИС II

Қарақалпақша

ат. гөн.с. Диний байрам ямаса өткен үрим-путақлардың хәм мархумлардың хүрметине майға писирилетуғын тағам (баўырсақ, шелпек т.б.). Адамлар ораза тутып баслаў күнин бир-бирине билдириў ушын шелпек писирип ийис шығарған. Булар ийис күни мазарға барады. Ийис шығарыў — майға баўырсақ, ямаса шелпек писириў. Кеше ийис шығарайын деп қарасам, үйде бир шылым ун қалмапты (М.Нызанов).