⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙМАН

Қарақалпақша

ат.дин. 1. Ислам динине муўапық мусылманшылыққа тән болған бес парыздың бири, қудайды биреў деп таныў. Қартайғанда өтирик сөйлеп, ийманымнан айрылғым келмейди (Ә.Шамуратов). 2. Диний түсиник бойынша мусылманларда болатуғын унамлы қәсийет. Туўры бийде туўған жоқ, Туўғанлы бийде ийман жоқ (ққ.х.н.м.). Аўылдағы ғәрип-қәсерге, жетим-жесирге қолғабыс тийгизиўден бас тартпайтуғын адамды халық түсиниги бойынша ийманың нышаны деп биледи. 3. Исеним, ҳүждан. Өтирикшиниң болмас анты-ийманы (Әжинияз). 0 Ийман жүзли — уяты бар, ар-намыслы. Ийман жүзли ҳаялым өлим халында жатыр еди (Т.Қайыпбергенов). Ийманын айтыў — ийманын үйириў, қайтыс болатуғын кисиге жан тапсырар алдында мусылман дининиң тәртиби бойынша белгили ҳаят оқыў. Бул дәртине ҳеш бир даўа табылмас, өлип кетер айтып халық ийманын (Т.Жумамуратов). Ийман дегенниң қәйтип оқылатуғынын билсем сирә (М.Нызанов). Онысыз өлиниң ийманы ушын қуран оқымайды (К.Султанов).