⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙМЕК

Қарақалпақша

кел. Қыйсық, бүгилген. Ушы иймек темир ис Қадалғандай етине («Қырқ қыз»). Есигиниң алдындағы иймек ғарры тораңғылға нәзер салды (Т.Қайыпбергенов). Буны биз адамға бермейик, Қасым, Иймегин дүзейик — урайық балта (С.Нурымбетов). Есик аўзында бет-аўзын жара басып кеткен, үсти-басы жупыны, қолында иймек ҳасасы бар, әбигер бир киси турар еди (М.Нызанов).