ИЙНЕЎ
Қарақалпақша
ат. Қара үйдиң уўықларының керегениң басына шамаласқан жериндеги иймейген, яғный бирин-бирине дизип байлайтуғын жери.
Абылқайыр хан үйдиң ийнеўине арқасын берип далада тур еди (Т.Қайыпбергенов).
Ийнеўде лампочка тур (С.Хожаниязов).
Ғайып хан үйиниң ийнеўине сүйенип, буларды ай күткендей күтип тур екен (Т.Қайыпбергенов).
Ырысқул бий ҳәр сөзин сәдде-сәдде қылып айтып, тентиреклеңкиреп ийнеўге сүйенди (Т.Қайыпбергенов).