ИЙРЕТИЛИЎ
Қарақалпақша
ф. Шыйратылыў, буратылыў, шубатылыў.
Тезге салмаған уўықтай, Ийретилген неме екенсең (Әтеш).
Жайлардың морыларынан шыққан буўдақ-буўдақ түтин де ийретилип жоқары көтерилмекте (Т.Қайыпбергенов).
Хан палўаны жерде ийретилип, орнынан тура алмай жатыр (К.Султанов).
Өткен өмир жолын еслегиси келмейтуғын Амандықтың бүгинге шекемғи өмири бирме-бир көз алдынан өтип, иши-баўырына пышақ түйрелгендей ийретилип жатты (Т.Қайыпбергенов).