⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЙТ

Қарақалпақша

ат. Жыртқышлар топарынан есапланатын үй ҳайўаны. Анда-санда шабаланып үрген ийтлердиң сести келеди (Ө.Хожаниязов). Бийсәўбет киятырған кисини жатырқағандай дәўсебен ийтлер шабаланып үрип алдынан шықты (К.Султанов). Абылқайыр менен Ғайып хан сүйегимизди ийтке таслатады (Т.Қайыпбергенов). Көзин ашар-ашпастан сүт берип сақлаған бир гүржи ийтим бар еди (М.Нызанов). 0 Ийт жеги — аўырыўдың бир түри. Қырқ биринши жыл еди, Ўатан үстин қаплады булт, Күн батыстан қанлар шашып, Уўлар шашты ийт жеги қурт (Ж.Аймурзаев). Ийт жыртқандай — жүдә тынышсызланыў, қапа болыў, қыйналыў. Буны көргенде, Нурымбеттиң иши ийт жыртқандай болды (Ө.Айжанов). Ийт жанлы — өлермен, шаршамайтын, болдырмайтын, ҳарымайтын адам. Ийт тийиў — дин. Бирэўдиң көзи өтиў, аўырыў.