ИЙТАРШЫ
Қарақалпақша
ат. Бирэўдиң сөзин жағымпазланып сөйлеўши адам, жалпылдақ.
Мына Қосыбай жетим-жесирге ғамхорсып, ийтаршы болғаны н қойсын (К.Султанов).
«Өзиниң ийтаршылары да көп қусайды», — деди көптиң ишинен бирэў (Ө.Хожаниязов).
Сен симилтир тиришелеў болғанда, мен бүйтип ийтаршы болып келмес едим! (М.Нызанов).
Қулымбеттиң нағыз ийтаршысы болыпты (К.Султанов).
Мен жарлыға ийтаршы болсам, усы жағын айтып «үремен» (К.Султанов).