ИЙТЕРИЎ
Қарақалпақша
ф. Бир нәрсени жылыстырыўға, қозғаўға ҳәрекет етиў, ысырыў, жылжытыў.
Қапысын әстен ийтерип көрип едим, тастай етип тәмбилеўли (Ө.Хожаниязов).
Ошақтың басындағы қамысты қамтымлап қазанның астына ийтерип атырып, Жәмийла да қамсықты (К.Султанов).
Бул қазақтың Айғара бийлери сүйесе, бир жағы ийтерип жибережак (Т.Қайыпбергенов).
Аманлық қарындасын кейин ийтерип, отқа абынды (Т.Қайыпбергенов).