⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛГЕРИ

Қарақалпақша

р. 1. Бурын, өткен. Әмиўдәрьяның арқа қубласына аты белгили Қасым ийшан үйине Дүйсенбайдың он жыл илгериде бир барғаны бар еди (Т.Қайыпбергенов). 2. Алға, алда, артық. Алды илгери емес он еки жастан, Кейини төмен емес үш жас төрт жастан (А.Дабылов). Сонда да жүрди илгери, Жол аўыр писент етпеди (Б.Қайыпназаров). 3. Қатарда болыў, қатардан қалдырмаў. Қысқасы, еки нәрестенди биреўден кем, бирэўден илгери дегендей аш етпей асырасаң қолың бәлент (Ө.Хожаниязов). Урыстан илгери жыллары бир-еки рет келип едим (К.Султанов). Әдиўли адам, кеўлинизге келмесин, елде Маман бийдиң аты илгери айтылар еди (Т.Қайыпбергенов).