⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛГЕРИЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. Жүриў, өсиў, раўажланыў, алға барыў, алға басыў. Сөйтин, сол төрепиндеги тораңғылға қарай илгерилесе, биреў ағашқа таңылып тур (Т.Қайыпбергенов). Жәмийеттиң алға илгерилеўине қарсылық ететуғын нәрселердиң барлығын әшкаралаў керек (Г.Есемуратов). Қумырсқадан оза алмаса да алға, елине қарай умтылады, мезгилге бир шақырым алға илгерилесе де пайда (Т.Қайыпбергенов). Урыстың тәрезиси аўып, бизиң әскерлер илгерилеп алға баратырғанда, санчасть орнында тура ма, өзгерин кетипти (Т.Қайыпбергенов).