ИЛГИР
Қарақалпақша
кел. 1. Билгиш, түсингиш, ақыллы.
Илгир екен зейини, Қазған жерден суў шығын, Дәрьядай тасып баратыр (Бердақ).
Патша басым мен өзим, илгир едим ҳәужар (ққ.х.қ.).
2. Көргиш өткир.
Илгир, көкшил көзлери түр-түсине айрықша сүйкимлилик берип турды (Т.Қайыпбергенов).
3. Алғыр.
Гейде көлдиң барысындай ақырып, Гейде илгир лашын қустай шүй илген (И.Юсупов).
Мына отырған «Қабақ бас» сарының зейини илгир (К.Султанов).
Маман өзгелерден зейни илгир, шаққан бала болып өсти (Т.Қайыпбергенов).
Еле де көзиң илгир, зейниң алғыр болса, Хорезм ханының сарайынан табарсаң (Т.Қайыпбергенов).