ИЛИЎ II
Қарақалпақша
ф. 1. Илдириў, асыў, қыстырыў.
Бул дар екен көринген, Көп адамлар илдирилген (Күнхожа).
2. Услаў, тутыў.
Шелдиң басы менен жол баслап киятырған Орынбайдың кегирдегинен бир иймек бас илип қалды (Т.Қайыпбергенов).
Ербекей тораңғыллықлар, жыңғыллықлар, шеңгелликлер кийимлерин илип жыртып, аяқдарын тырнап қанатса да, қарамады (Т.Қайыпбергенов).
Қабақты қолына илип алажақ еди, иши суўға толы екен (К.Султанов).