⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИЛИК

Қарақалпақша

р. 1. Бекитиўли, жабық, илиўли, қулыплы, қаўсырыўлы. Есиги иштен илик екен (А.Бекимбетов). Хан сарайының барлық дәрўазасы илик еди (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. Илик табыў — иркиниш, кесент, себеп болыў. Айтмурат оқыўға кетейин деп жүргенде аяғы сынып илик тапты. Шылт жаңа машинадан билқастан илик табыўға хүжданым жол қоймады (М.Нызанов).