ИНСТРУМЕНТ
Қарақалпақша
ат. 1. Қандай да болмасын бир жумысты ислеўге арналған әсбап ҳәм кураллардың жыйнағы.
Ағаш устасының шот, балта, жонғы, пышақ, пышқы ҳәм тағы басқа қусаған толып атырған инструментлери болады.
2. аўыс. Қандай да болмасын бир исти табыслы тамамдаўдың усылы, әдиси.
Мий — адам организмин басқаратуғын тийкарғы инструмент.
3. аўыс. Музыкалы әсбап.
Бақсылар музыкалық инструментин хаўазына қосып айтады (Н.Дәўқараев).