ИНТЕРВЕНЦИЯ
Қарақалпақша
ат. Бир яки бир неше капиталистлик мәмлекетлердиң революциялық ҳәрекетти туншықтырыў, аймағын басып алыў, өз үстемлигин орнатыў ҳәм т.б.
мақсетлер менен екинши бир мәмлекеттиң ишки жумысына қатнасыў ямаса оған қарсы кураллы күшлер жумсаў.
Қытай басшылары Вьетнам демократиялық республикасына ҳәр қыйлы сылтаўлар менен интервенция жасаў хәрекетин еле де тоқтатқысы келмейди.