⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ИПЛАС

Қарақалпақша

кел. 1. Патас, тазаланбаған. Жайдың иши қопыраған иплас нәрселер менен толы. 2. аўыс. Жаман, қара нийет. Атамурат соң бундай иплас ойдан қутылды (Т.Қайыпбергенов). Анамды бахытсызлыққа ушыратқан динниң иплас законлары екен (Ж.Аймурзаев). Мени сондай иплас иске барады деген қайсы ойың усы, — деди ол аўыр гүрсинип (Г.Изимбетов). Иплас пикирге таланба, Ақ сүт берген меҳрибаным (А.Дабылов).