⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КАБИНЕТ

Қарақалпақша

ат. 1. Мәкеме орынларындағы ямаса ҳәр бир адамлық өз хожалығында тийисли китап, стул, орынлық ҳәм басқа да үскенелер менен тәмийинленген бөлме. Қуяш көтерилмей-ақ кабинетинде отыр (Ө.Хожаниязов). 2. Айырым мәмлекетлердеги хүкиметке киретуғын министрлер курамы. Министрлер кабинети. 3. Оқыў орынларында, емлеўханаларда тийисли үскенелер менен тәмийинленген белгили бир жумысларды ислеўге, өткериўге арналған бөлме. Физиотерапия кабинети. Қарақалпақ тили кабинети. Техникалық бөлимниң кабинетин силтеди (М.Нызанов). 4. Белгили бир кабинетти үскенелеўғе керекли болған мебельлер жыйнағы.