⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КАРТИНА

Қарақалпақша

ат. 1. Художниктиң терең ойларын, тәсирлерин ҳақыйқатлық пенен сүўретлейтуғын, түрли бояў менен салынған сүўрет өнерине тән шығарма. Әне, мен бундай картинаны көрип отырып, өмир бойыма кешире алмадым (Г.Есемуратова). 2. Кинофильм. Бир күни Жийемурат екеўимиз ташаўызлы жораларымыз бенен жаңа қойылып көрсетилип атырған картинаны көриў ушын кинотеатрға бардық (А.Бекимбетов). 3. аўыс. Әдебий шығармаларда баян етилген тәбият көринислери менен қахраманлардың сүўрети, хәдийсениң сүўретлениўи, берилген, баянланған образ. Қарақалпақ фольклорында көшпели шарўашылық турмыстың картиналары бар,... (Н.Дәўқараев). Ол өз поэзиясында заман жағдайының шынлық картинасын шебер баянлап көрсете билген (Қ.Айымбетов). 4. Драмалық шығармалардағы актлердиң шақапшалары, бөлимшелери. Бағдагүл (Бес актли, алты картиналы драма). 1-картина — Майданда болады (С.Мәжитов).