⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КВАРТИРА

Қарақалпақша

ат. 1. Үлкен имараттың, көбинесе, бир хожалыққа ылайықланған асханасы, дәлизи тағы басқалары бар бир нешше бөлмеден ибарат болған жеке жасайтуғын, туратуғын жайы. Гостиниңаға барып не қыласаң, мениң төрт бөлмели квартирам бар, ... (Қ.Айымбетов). Дәўлетбийке апаның квартирасының қарсы алдындағы домның төменинде азық-аўқат дүкәны бар еди (М.Нызанов). 2. воен. Әскерлердиң жайласып туратуғын орны, жайы, мәканы, штабы. Квартираға кирип столға қойылған виолончель жанындағы конвертке екеўи де ишлерин дүбирлеткен гүман ҳәм үмит толы көзлерин қадап оны ашыўға жүрексинбей отырды (К.Кәримов).