КЕЛБЕТ
Қарақалпақша
ат. 1. Сын, сын-сымбат, түр, түс; турпат, қәўмет, пишин.
Ол аманлық-есенлик сорасып болып, жигиттиң түр-түсине, келбетине сер салып қарады (А.Бекимбетов).
Қасына келген батырдың, Келбетине қарады («Қырқ қыз»).
2. аўыс. Белги, нышан.
Мәтеке отырар-отырмастан күле шырай келбет көрсетти (К.Султанов).
Мыңнан таңлап баққандай, Келбетине қарасаң, Шебер уста соққандай («Мәспатша»).