⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕЛГИНДИ

Қарақалпақша

ат. 1. Жергиликли емес, басқа жақтан аўып, қаңғырғыш, тентиреп келгенлер, сырттан келген адамлар, кисилер. Аға беглер, тыңдаңызлар сөз, Мен сорлыға салыңлар көз, Жигирма тоғыз ҳәм де отыз, Келгинди болған күнлерим (Бердақ). 2. Жылдың белгили бир мәўсиминде келип, және бир мәўсиминде қайта ушып кетиўши қанатлы қуслар, қустың келиўи ҳәм кетиўи. 3. Басқа жақтан қаңғырып келген ийт, қаңғымай ийт, ... аўылда келгинди ийтлер де көбейди (Б.Бекниязова).