КЕЛИ
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр түрли дәнлерди тазалаў, унтаў, женшиў, түйиў ушын, бойы 50-70 см ге шамалас қатты ағаштан иеленген гүби тәризли үй буйымы, хожалық әсбабы.
Сөйтип атырғанда үйдиң қасында думаланып жататуғын үлкен қара кели ядына түсти (Қ.Айымбетов).
2. Диал.с. Килограмм.
Жаман емес кели, отыз кели, жыйырма кели балық береди екен (Қ.диал.).