⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЕЛТИРИЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсени алдырыў, қасына қойыў, тайын етиў. Соның менен бирге Зийба жалғыз болмасын деп елден 150 қызды таңлап алып, қасына келтирип қояды (ққ.х.е.). Демниң арасында Артық ағаның алдына шайды келтирди (Т.Қайыпбергенов). 2. Арасына киргизиў, суғыў, орнықтырыў, сәйкеслеў, үйлестириў. Биреў емес талайын, Мән жайына келтирдим («Қырқ қыз»). Сейитжанға қарап бәрекелла-бәрекелла деп суўмандап, арасында диний түсиниксиз сөзлерди де келтирип күлимсиреп қояды (Ә.Шамуратов). 0 Көз алдыңа келтириў — елеслетиў, ойлаў, қыяллаў. Барлық исти көз алдына келтирип, ериксиз жылады (Ж.Аймурзаев). Жүзеге келтириў — жарыққа шығарыў, иске асырыў. Топлаған материалларын жүзеге келтириў туўралы көп ойланып жүрди (Г.Есемуратов). Дүньяның сәнин келтириў — көркемлеў, бөлендириў. Келтирди дүньяның сәнин, Ҳәр бир күним мақтаўлы күн (Д.Қасымов). Кәмалға келтириў — ержеттириў, шағына жеткериў, бой жеттириў. Солай болса да, өз мийнетиниң нәтийжесинде еки улын да кәмалға келтирди (Т.Қайыпбергенов). Ашыўын келтириў — зейнине тийиў, тулландырыў. Азаматлардың жарлылығын бетине басып, болыс булардың ашыўын келтирди (Қ.Ирманов). Зыян келтириў — шығынландырыў, кесент келтириў, зәлелин тийгизиў. Усындай отырыспаның себебинен байларға көп зыян келтирип жүргенсизлер (Қ.Ирманов). Қаҳарманлық келтириў — күш көрсетиў, мәртлик етиў. Колхоздың ағзалары, қаҳарманлық келтирип жүр (Д.Қасымов).