КЕМСАЛЫЙҚАЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Кеўилсизлик, немқурайдылық, кейипсизлик, руўхсызлық, ықлассызлық.
Күтилмегенде Айдостың Бегисти өз қолы менен өлтиргени жөнинде хабар жетти.
Журттың қоллары суўып, кемсалыйқалық пайда болды (Т.Қайыпбергенов).
Егис мапазының бир душпаны — тутымгершилик, төрешилик пенен истеги кемсалыйқалық, булар менен қатты гүресиў лазым (ққ.ксм.атл.).
Таза пахта үстине гөне-көкси затлардың нырқын белгилеўде кемсалыйқалық болған (ққ.ксм.атл.).