КЕПКИР
Қарақалпақша
ат. Баўырсақ, қуўырдақ, палаў писиргенде қолланылатуғын сүзекиге, шолпыға усаған, темирден исленген хожалық әсбабы, буйым, ожаў.
Еки көзи қуўырдақшынын кепкиринде (Н.Дәўқараев).
Сара сары май салынған қазанды кепкир менен былғады да, оны ошақтың дүткешине қойды да, өзи ешки саўыўға кетти (С.Айний).