КИЙИЗ
Қарақалпақша
ат. Қойдың жүнинен басылып иеленген қалың ҳәм де тығыз зат, үйдиң ишине төсеўге ҳәм қара үйдиң үстин жабыўға және де тағы басқа нәрселердин үстин жабыўға қолайластырылып иеленген хожалық буйымы.
Ораздың келиншеги келген адамларға кийиз төседи (Қ.Аралбаев).
Аршаның дөгерегине оралған қалың кийиз бенен шуўданы алып, оның тутқасынан ширенип тартты (А.Бекимбетов).
0 Кийиз үй — кийиз бенен жабылған үй.
Қайғы оты туншыктырды анамды, Кийиз үйди қаплады тас қараңғы (Т.Жумамуратов).
Ақ кийиз — ақ жүннен басылған кийиз.
Ақ кийизден бизге қолқа апарып, Алып қайтар едиң астың қаўында (ққ.поэз.ант.).
Кийиз қазық — аўыс. Бос, жумсақ, былқылдақ.
Тоқпағы күшли болса, Кийиз қазық жерге киреди (ққ.х.н.м.).