КИЙИК
Қарақалпақша
ат. Қос мүйизли, аша туяқлы, қумлықта, шөлистанда, улыўма дүзде жасайтуғын, сүт емизиўшилер семьясына киретуғын жуўас таў ешкисиниң бир түри.
Мениң өзим кийик болсам, Қара таўдан бийик болсам (ққ.х.қ.).
Атым Тилеп, кийик аўлап жүрип-ем, Түнге қалып атты ертлеп турып-ем (И.Юсупов).
Шайырлық бир аса жүйрик, Қырда қулан хәм де кийик (Әтеш).
0 Кийик мүйиз — кийиктиң мүйизине усаған.
Кийик мүйизли қызыл сыйыр аўылға қарай бет алды, ... (Қ.Айымбетов).
Кийиктиң асығындай — шымыры, ықшам, кишкене.
Кийиктиң асығындай қайнап пискен екен, ... (Қ.Айымбетов).