КИРИСИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бир нәрсени ислеўге умтылыў, баслаў, ислеп жибериў.
Ҳәмме жапа-тармақай кирисип, қарықларды суў аққандай етип ҳәзирледи (Ө.Хожаниязов).
Ҳәмме пахта теримине кирисип кеттик (К.Рахманов).
Перигүл берилген тапсырманы орынлаўға кириспги (Ө.Айжанов).
2. 0 Сөзге, гәпке, гүрриңге, әңгимеге кирисиў — сөзди, гәпти, әңгимени баслап жибериў, тынбай сөйлеў.
Соңынан екеўимиз узақ сәббе әңгимеге киристик (Ө.Хожаниязов).
...дослар таўсылмайтуғын гәпке кириспги,... (Қ.Айымбетов).
Жаўынгер албырамай, алжаспай сөзге киристи (Ө.Хожаниязов).
Аң-таң болып отырып, бир мәхәлде еки ғарры узақ гүрриңге кириспги (Ө.Айжанов).