⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИРПИК

Қарақалпақша

ат. Көздиң дөгерегиндеги, айланасындағы түк, қылшық. ... шым көзге көзинен мөлтилдеген шықгай бир тамшы ыссы жас октай кирпигиниң ушынан өңирине жумалап түсти,... (Ө.Хожаниязов). Сөйтип Мийирханның сүйкимли көзлери мениң кирпиклеримниң тийиўин қайылшылық пенен мамықгай қабыл етти (Ө.Хожаниязов). 0 Кирпик қақпаў — көз илмеў, уйқыламаў, көзгир алмаў. Жас жигит усы түнди кирпик қақпай уйкысыз өткерди (Р.Тагор). Кирпик айқастырмаў — уйқыламаў, көз илмеў, көзгир алмаў. Тан алдына шекем кирпик айқастырмай жатып, бир мәхәлде көзимниң илинип кеткенин өзим билмей қалыппан (Ө.Хожаниязов). Кирпик қаққанша — тез, жылдам, сол заматта, бирден. Бир кесе чай ишим түўе, кирпик қаққанша дүньяда адам пайда болып, дүньядан адам кетеди (Т.Қайыпбергенов).