КИСЕНЛЕЎ
Қарақалпақша
ф. Аяқ-қолды темир тусаў менен байлаў, тусаўлаў.
... көлге атты кисенлеп жиберип қайттым деди бала ғаррыға (ққ.х.е.).
... кисенлеп жиберген ат үйге кайтып келди (Қ.Айымбетов).
0 Кисен салыў — аяқ-қолды темир кисен менен байлаў, бәнт етиў, тас етиў, тусаў.
Асаў болғанлықтан бул аттың аяғына кисен салып қойды (ққ.х.е.).