⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИСИЛИК

Қарақалпақша

ат. 1. Адамгершилик. Ағасынан қалған еки бирдей жетимди тәрбиялап үйли-жайлы қылды. Айжамалдың бул хызмети үлкен кисилик еди (Ө.Айжанов). Ғайыптан келип бир баба (етиги бар ийнинде, кисилик жоқ пишинде: тислери кетик-кетик, аўыз-мурны жүн, қотыр), ... («Қурбанбек»). 2. Тәкәббирлик, менменлик, менсинбеўшилик. Сонда да олардың балалығы ма, кисилик жарыстырғаны ма, әйтеўир сөзиниң аўыр-жеңилине сер салмай, өзиниң кеўлине келгенин ислегиси келеди (ққ.х.е.).