⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КИШКИШЛЕЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Бир нәрсени алдына салып аўыздан сес шығарып айдаў, жүргизиў, куўалаў. Қолым менен киш-кишлеп жүрип айдап шыққаным усы ғана (Н.Дәўкараев). Қамшы басып киш-кишлеп, Тамашаға жабысып, Таллық деген дәрьяға, Жигитлер жетип барады (Бердақ). 2. аўыс. Түрткилеў, ийтермелеў. Сен сөзге шеберсең дегенге мәс болып Бекбаўыл да бир айтқанын қайта-қайта айтып көпирип отырғанына, олар және киш-кишледи (Қ.Айымбетов).