КЛАСС II
Қарақалпақша
ат. 1. Көбинесе, жас жағынан бирдей оқыў жылы теңдес мектеп оқыўшыларынын топары.
^-класста оқып жүрген жыллары көлге қармақ салып аўылға қайтып киятыр еди (К.Султанов).
2. Мектепте сабақ жүргизиўге ажыралған бөлме.
Бизиң класымыз — үлкен, кең ҳәм жақсы («Жеткиншек» г.).
3. Түрлише классификациялаўға жататуғынлардың белгили топары.
4. Бир нәрсениң дәрежеси, атағы.