⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

КЛАССИК

Қарақалпақша

ат. 1. Улыўма халық тәрепинен танылған атақлы жазыўшы, музыкант, художник, алым, яғный әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери.... Тилеўберген, сондай-ақ, Аббаз аға менен Садық ағаларды, тап сол уллы классик шайырлардың творчествосын даўам еттириўши нызамлы мийрасхорлары деўге болады (И.Сағитов). ... стол үстине венгер тилине аўдарылған рус әдебият классиклериниң шығармаларын әкелип қойды (Қ.Айымбетов). 2. Көркем өнерде классицизм тәрептары. 3. Әййемги грек ямаса Рим жазыўшысы. 4. Классикалық билим алған, классик тиллерди жақсы билиўши киси. 5. Әййемги грек ҳәм латын тиллери менен әдебиятының алымы, билгиши. 6. Классикалық филолоғияны үйрениўши студент.